1-7-май аралығында Сурхондәрья ўәлаяты Байсун районында “Бойсун баҳори” халқаралық фольклор фестивалы өткерилиўи режелестирилген. Фестиваль шеңберинде фольклор жәмәәтлериниң халқаралық көрик таңлаўы, концерт бағдарламалар ҳәм басқа да кеўил ашар мәдений илажлар шөлкемлестириледи. Усы фестивалға мүнәсип қатнасыў ушын Тахтакөпир районы мәденият бөлимине қараслы “Мийрас” фольклор – этнографиялық халық жәмәәти ағзалары Сурхондәрья ўәлаятына жөнеп кетти.